Министрлер Кабинетинде 31-январь күни "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтлары жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарар қабыл етилди.
Оған бола, 2025-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтлары тек ғана бирден-бир платформада жүргизиледи. Онда жаңадан шөлкемлестирилген мәмлекетлик уйымлар өзлериниң рәсмий веб-сайтларының жумысын шөлкемлестирилген күннен баслап бир ай мүддетте бирден-бир платформада жолға қояды.
Мәмлекетлик уйымлардың басшылары өз структурасының рәсмий веб-сайты бирден-бир платформада жүргизилиўи ушын жеке жуўапкер есапланады.
Мәмлекетлик уйымлар:
- рәсмий веб-сайт бирден-бир платформаға өткерилгеннен кейин бир ҳәпте мүддетте ески рәсмий веб-сайтлардың домен мәнзиллерин ҳәм де веб-сайт ҳәм ондағы мағлыўматларды сақлап қалған ҳалда, бирден-бир платформадағы рәсмий веб-сайтлардың мәнзилине бағдарлайды ямаса олардың жумысын тоқтатады;
- Бирден-бир платформа операторы менен бирден-бир платформаға өткерилген веб-сайтлардың жумысын техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға хызмет көрсетиўди, сондай-ақ, тәреплердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелерин өз ишине алатуғын шәртнаманы дүзиў илажларын көреди.
"Киберқәўипсизлик орайы" мәмлекетлик унитар кәрханасы Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте бирден-бир платформаны ҳәр алты айда бийпул тийкарда киберқәўипсизлик талапларына муўапықлығы бойынша экспертизадан өткерип барады және киберқәўипсизликти тәмийинлеў бойынша турақлы мониторингти әмелге асырады.