Өзбекстан Республикасы нызамшылық талапларына муўапық, 2025-жыл 20-марттан баслап сырт ел электрон саўда платформаларынан, атап айтқанда, "ТЕМУ" платформасынан пайдаланыў белгиленген тәртипте шекленеди.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 26-декабрьдеги "Өзбекстан Республикасында электрон коммерция тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы 885-санлы қарарының 2-бәнтинде электрон коммерция операторлары, атап айтқанда, электрон саўда платформалары операторлары сыпатында тек ғана юридикалық шахслар - Өзбекстан Республикасы резидентлери жумыс алып барыўы мүмкин екенлиги белгиленген (бул норма қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке кирди).
Бүгиннен баслап "ТЕМУ" платформасында буйыртпа бермеў соралды. Егер буйыртпа буннан алдын әмелге асырылған болса, платформада төлемди қайтарыўды шөлкемлестириў усыныс етилди.
"Агентлик ҳәм Салық комитети ўатанласларымызды Өзбекстан Республикасы аймағында өз жумысын локализацияламаған ямаса мәмлекетимизде Салық комитетиниң электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел компаниялары ҳәм маркетплейслер дизимине кирмеген сырт ел электрон саўда платформаларының хызметлеринен пайдаланбаўға, абайлылық илажларын көриўге, жеке ҳәм басқа да мағлыўматларды бундай субъектлерге бермеўге шақырады", делинеди хабарда.


