Барлық аймақларда Жасалма интеллект ҳакатоны жолға қойылады

    Президент Шавкат Мирзиёев 6-октябрь күни елимизде жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў ҳәм оларды экономика және социаллық тараўларға кеңнен енгизиў бойынша презентация менен танысты.

    Бүгинги күнде дүньяда жасалма интеллект технологиялары экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қәўипсизлик ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда тийкарғы қураллардан бирине айланбақта. Жасалма интеллект технологиялары мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликти арттырыў, ресурслардан үнемли пайдаланыў, халыққа көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын жақсылаўға хызмет етеди.

    Кейинги жыллары Өзбекстанда да бул тараўда системалы реформалар әмелге асырылып, мәмлекетимиз жасалма интеллектти енгизиў бойынша халықаралық рейтингте 17 текше жоқарылады. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан 188 мәмлекет ишинде 70-орынды, Орайлық Азия бойынша болса биринши орынды ийелеп тур.

    Президентимиздиң атап өткениндей, бул нәтийжелер тараўда қойылған дәслепки қәдемлердиң нәтийжеси, бирақ алдында еле көп жумыс тур. Усы мақсетте өткен жылы 2030-жылға шекем мөлшерленген Жасалма интеллектти раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди ҳәм Санлы технологиялар министрлиги жанында арнаўлы орай шөлкемлестирилди.

    Презентацияда тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

    Экономика ҳәм социаллық тараўларда жасалма интеллект жойбарларын енгизиў мақсетинде 50 миллион доллар қаржы ажыратылған. Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, экология ҳәм қаржы тараўларын қамтып алған 86 жойбар қәлиплестирилди. Ҳәзир ўақытта жасалма интеллектти қолланыў ушын зәрүр есаплаў имканиятларын жаратыў мақсетинде "суперкомпьютер кластери"н шөлкемлестириў жумыслары жедел алып барылмақта.

    - Жасалма интеллектти тезирек раўажландырыў ушын турақлы түрде алдынғы, өзин ақлаған сырт ел ҳәм жергиликли тәжирийбелерди үйренип барыў зәрүр. Оның ушын тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз, сырт елли экспертлер ҳәм жеке меншик сектор менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў керек, - деди мәмлекетимиз басшысы.

    Презентацияда жасалма интеллект тараўында заманагөй есаплаў қуўатлықларын өзимизде жаратыў, мағлыўматлар орайларын қурыў ҳәм оған инвестиция киргизбекши болған исбилерменлер ушын тартымлы орталықты тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Жасалма интеллектти раўажландырыўда ең әҳмийетли фактор - маман кадрлар таярлаў. Бул жумысларды мектеплерден баслаў, информатика муғаллимлерин қайта таярлаў, жаңа әўлад сабақлықларын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Тараўда кадрлар таярлаўды жеделлестириў мақсетинде көплеген бағдарламалар әмелге асырылмақта. "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" миллий бағдарламасы шеңберинде жаслар ушын aistudy.uz ҳәм omp.aistudy.uz платформалары иске қосылды, оларда СИ бойынша 5 бийпул онлайн оқыў бағдарламасы жолға қойылған. Бағдарлама шеңберинде 2027-жылға шекем 1 миллион жас жас жасалма интеллект тараўындағы билим ҳәм көнликпелерге ийе болады.

    Жаслардың перспективалы жойбарларын анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын барлық аймақларда Жасалма интеллект хакатоны жолға қойылады. Усы күнлерде Нөкис қаласында денсаўлықты сақлаў бойынша “HealthTech AI Hackathon” жарысы табыслы өткерилди. Бул тәжирийбени кеңейтип, билимлендириў, суд системасы, суў хожалығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарларында да өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Президентимиз усыныс етилген илажларды қоллап-қуўатлап, оларды жасалма интеллектти енгизиўди буннан былай да жеделлестириў, алдыңғы тәжирийбени әмелиятқа енгизиў, тараўда кадрлар потенциалын арттырыў бағдарында буннан былай да жетилистириў ҳәм кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates