«Өзбекстан халқы барлық дин ҳәм миллет ўәкиллерине әзелден дослық қатнаста болып келген. Биз миллетшиликтиң ҳеш қандай көринисине шыдай алмаймыз ҳәм буннан кейин де тақат етпеймиз. Терроризм ҳәм экстремизмниң шегарасы ҳәм миллети жоқ»,-деп атап өтти Бахтиёр Саидов.
Оның сөзлерине бола, Өзбекстан ҳүкимети тергеў процесслеринде БАӘ ҳәм Израил уйымлары менен тығыз бирге ислеспекте.