баннер
21 Mar 2025
23:38

    Бахтиёр Саидов Халықаралық бирге ислесиў бойынша Европа комиссары менен ушырасты

    Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Халықаралық бирге ислесиў бойынша Европа комиссары Ёзеф Сикела менен ушырасты.

    Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеў жоллары үйренилип, экономикалық бирге ислесиў, инвестициялық ҳәм регионаллық турақлылыққа үлкен итибар қаратылды.

    "Европа Аўқамы исенимли ҳәм стратегиялық шерик болып қалмақта ҳәм биз улыўма абаданлық жолында бирге ислесиўди тереңлестириў тәрепдарымыз. Самарқанд қаласында болып өтетуғын "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" саммити бирге ислесиўимизди кеңейтиў ҳәм аймақларымыз арасындағы тығыз байланысларды беккемлеўде әҳмийетли басқыш болады", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech