Италия менен бирге ислесиўде әмелий нәтийжелер бар: өткен жылы 10 медицина қәнигеси Италияда тәжирийбе арттырып қайтты, жақында болса Наманган ўәлаятынан 38 жерлесимиз Феррара провинциясына мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларына жетип барды.
Енди медицина бағдарында бирге ислесиў кеңейтиледи. Жылдың ақырына шекем 20 ға шамалас жоқары мағлыўматлы мийирбийкени Миланда ислеўге таярлаў режелестирилген, ҳәзирги ўақытта 30 шыпакер итальян тилин үйренбекте. Ломбардия, Пьемонт ҳәм Сардиния аймақларында Өзбекстаннан медицина хызметкерлерин тартыўға қызығыўшылық үлкен.
Жоқары мағлыўматлы мийирбийкелер Италияда жумыс ислеўге таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын оқыў процесслеринде қатнасыў ушын ҳәзирдиң өзинде дизимнен өтиў мүмкин.