Районда “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарында белгиленген илажларды әмелге асырыў, байрам алдынан районның барлық аўыл, көше, мәҳәллелеринде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына қаратылған улыўма миллий шембилик өткериў бойынша штаб мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте район ҳәкими, орынбасарлары, кәрхана, мәкеме, шөлкем хызметкерлери ҳәм мәҳәлле баслықлары қатнасып, режелестирилген жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша аймақлар кесиминде тапсырмалар берилди.
Атап өтилгениндей, 2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы елимизде “Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” деген ийгиликли идея тийкарында улыўма халықлық сейиллери түринде жоқары дәрежеде кеңнен белгиленеди.
Байрам илажларында халықтың социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге, мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаўға, жәмийеттиң ҳеш бир ағзасын меҳир ҳәм итибардан шетте қалдырмаўға, мәҳәллелерди абаданластырыўға үлкен итибар қаратылады. “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы”нда белгиленетуғын быйылғы Наўрыз байрамының көп миллетли жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўдеги орны айрықша.
Ҳақыйқатында да, жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсиминде тазалық ҳәм абаданластырыўға айрықша итибар қаратылса, абат мәҳәлледе, абат көше ҳәм шаңарақта өткерилген Наўрыз байрамының кейпияты өзгеше болады.
Ҳәзирги ўақытта орынларда абаданластырыў жумыслары басланып кетти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.