Байрам дастурханымыз бәрҳама толы болғай

    Байрам күнлери суў хожалығы мәкемелеринде ислеп атырған жумысшы-хызметкерлерди қосымша хошаметлеў дәстүрге айланған болып, Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги жанындағы Беруний Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы тәрепинен «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни – зүрәәт байрамы» мүнәсибети менен басқармада ҳәм оған қараслы шақапшаларда ислейтуғын хызметкерлерге байрам саўғалары тапсырылды.

    Илажларда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинен келген ўәкил З.Ирисбоев ҳәм Беруний Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының басшы хызметкерлери қатнасып, жумысшы-хызметкерлерди байрам менен қутлықлап, гөш ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери тарқатылды.

    Мағлыўмат ушын, ертең яғный 15-декабрь күни Нөкис қаласындағы “Ат шабар” майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни – зәрәәт байрамы» мүнәсибети менен үлкен байрам илажы өткерилиўи белгиленген.

    Илаж шеңберинде аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркалары, мәдений ҳәм қайырқомлық илажлары, соның менен бирге, миллий спорт ойынлары бойынша жарыслар, атап айтқанда, ат шабыс, палўанлар гүреси, арқан тартыў, қошқар дүгистириў сыяқлы кеўил ашар илажлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.