"Ўзгидромет"тиң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасында айырым жерлерде, күнниң екинши ярымында болса орайлық ўәлаятларда ҳәм Ферғана ойпатында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин.
Күндизги ҳаўа температурасы сәршемби күнине салыстырғанда 3−4 дәрежеге төмен - +32...+35 дәреже ыссы, арқада +25...+28 дәреже жыллы әтирапында болады.
9-май күни температура төменлеў даўам етеди, күндизги ўақытлары температура +27...+30 дәреже ыссы, қублада ҳәм шөл аймақларында +32...+35 дәреже ыссы әтирапында болады. Түнде ҳәм азанда орайлық ўәлаятларда, күнниң екинши ярымында Ферғана ойпатында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын күтилмейди, айырым таўлы аймақларда күшли жаўын жаўыўы мүмкин.
10-11-май күнлери республикада жаўын-шашын күтилмейди. Температура тийкарынан +30...+35 дәреже ыссы болады. Республика бойынша айырым жерлерде самал тезлиги 13−18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаңлар бақланады.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда 8−11-май күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.
Ташкент қаласында 8-май күни күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы +31...+33 дәреже ыссы болады. Кешке таман, сондай-ақ, 9-майда түнде ҳәм азанда бираз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. 10-11-майда жаўын-шашын күтилмейди. Температура 9-майда +28...+30 дәреже, 10−11-майда +31...+33 дәреже ыссы болады.