Беруний районында қаўын жетистириў бойынша семинар өткерилди

    6 ақпан 2025 243

    Шаббаз қаўынларының аты әййемги заманлардан берли жети ықлымға таралған. Мазалы, шийрин ийис таратқан қаўынларды жетистириў болса айырықша дәстүр ҳәм мийнет талап ететуғын процесс болып есапланады.

    Ата-бабаларымыз мийрас етип қалдырған қаўын жетистириў бүгинги күнде де өз әҳмийетин жоғалтпаған, керисинше заманагөй технологиялар менен үйлесип, жаңа басқышқа көтерилмекте.

    Беруний районы мәмлекетимизде қаўын жетистириў бойынша жетекши аймақлардан бири есапланады. Сол себепли, районда Республика көлеминдеги қаўын жетистириў, сақлаў ҳәм экспортқа жибериў бойынша семинар шөлкемлестирилди. Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинен ўәкил М.Абдиров, Беруний районы ҳәкими И.Хидиров ҳәм Қарақалпақстан Фермерлер кеңеси баслығы И.Юнсуов қатнасты.

    Семинардың тийкарғы мақсети – тәжирийбели дийқанлардың қатнасыўында қаўын жетистириў тараўында ерисилген табыслар менен танысыў, машқалаларды шешиў, усынысларды тыңлаў, жаңа басламаларды турмысқа енгизиў ҳәм қаўын экспортын және де раўажландырыў болды.

    Беруний районының Шаббаз аўыл пуқаралар жыйынындағы тәжирийбели дийқанлардан бири – Ш.Рўзимов өз үйинде гүз мәўсиминде 100 мың дана қаўынды бәҳәрге шекем сақлаў ҳәм сатыў системасын жолға қойды. Бул өнимлер тек ишки базар ушын емес, қоңсы республикаларға да экспорт етилмекте.

    Бүгинге күнде Беруний районының 13 аймағында тәжирийбели дийқанлар тәрепинен қаўын жетистириў жолға қойылған. 2024-жылы районда халықтың қыйтақ жерлеринде 197,4 гектар майданда 3 865,5 тонна, фермер хожалықларында болса 898,5 гектар жерден 17 520,8 тонна қаўын жетистирилди. Бул көрсеткишлер қаўын жетистириў Беруний районының жетекши тараўларынан бирине айланғанын көрсетеди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates