Биринши мәрте Парижде Интерконтинентал мийманханасында Бийбиханым көйлегиниң тарийхый образы тикленип, дефилеге қойылды.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға сапарын сәўлелендириўде қатнасатуғын журналист Азиза Қурбонова өзиниң социаллық тармақлардағы бетинде хабар берди.
"Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты проректоры Холида Комилованың айтыўынша, қызыл көйлектиң ҳәр бир деталы испан саяхатшысы Клавихо тәрийплегени бойынша тигилген.
Клавихоның жазыўынша, Бийбиханымның көйлеги жүдә салтанатлы еди, оны 100 қыз биргеликте көйлегин көтерген.
Бир кийим Әмир Темур ҳәм Бийбиханым гүрриңлерине жол ашады. Французлар бундай гүрриңлерге ҳәўес екени билинип тур.
Усы көйлек бәнеси менен жипек, адрас, атлас, кестеленген миллий кийимлеримиз усы жердиң өзинде талас болып сатылмақта, баҳасы 1000 доллардан басланады", - дейди журналист өз хабарында.