Ушырасыў ўақтында еки тәреп өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын додалады. Илимий излениўлер, инновациялық жойбарлар, билимлендириў процесине алдынғы технологияларды енгизиў – булардың барлығы ушырасыў күн тәртибинен орын алды. Профессор Су Юханг ҳәм университет ректоры, академик А.Реймов халықаралық бирге ислесиў перспективалары, әсиресе, жаслар ушын жаратылатуғын имканиятлар ҳаққында пикир алысты.
Бул ушырасыўдан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Қытайдың Dong Win Vocational College ўәкиллери менен онлайн тәризде сөйлести. Бул сөйлесиў даўамында қытайлы бирге ислесиўшилер өзлериниң билимлендириў системасы, әмелий бағдарламалар ҳәм студентлер ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Олар халықаралық бирге ислесиў шеңберинде алып барылып атырған жойбарлар ҳәм илимий изертлеўлер менен де таныстырды.
Тәреплер келешекте профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы, биргеликтеги изертлеўлер ҳәм инновациялық әмелий жойбарларды жолға қойыўға келисип алды. Бундай басламалар, әлбетте, тек еки жоқары оқыў орны емес, ал Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы билимлендириў байланысларын жаңа басқышқа алып шығады.
Сол арқалы еки мәмлекет жаслары заманагөй билимлер, алдынғы технологиялар ҳәм глобаллық тәжирийбелерди өзлестириў имканиятына ийе болады. Халықаралық бирге ислесиў болса, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў жолында әҳмийетли қуралға айланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.