баннер
7 Mar 2025
17:04

    Билимлендириў системасындағы мәселелер көшпели мәжилисте додаланды

    Президентимиз тәрепинен мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасына берилип атырған итибар ҳәм жаратылған шараятлар себепли, системада үлкен өзгерислер жүз бермекте.

    Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева Беруний районында 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм системада жол қойылып атырға кемшиликлер бойынша мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде алып барылып атырған жумыслар бойынша көшпели мәжилис өткерди.

    Ең шетки аўылларда заманагөй мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери қурылып, жас әўлад ушын барлық шараятлар жаратылған. Мектеп билимлендириўин жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында мәмлекетлик ҳәм инвестиция бағдарламалары, сырт ел грантлары тийкарында бир неше жумыслар әмелге асырылмақта, – деди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы Айнура Уразова.

    Мәжилисте айырым кемшиликлерде атап өтилди. Заман талабына бейимлесе алмай атырған айырым басшылар сынға алынды. Сондай-ақ, 2025-жыл даўамында орынланыўы керек болған жумысларға тоқталып, тараў қәнигелериниң мәлимлемелери тыңланды ҳәм бир қатар мәселелер көрип шығылды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech