Мәмлекетимиз аймағында Binance крипто-биржасы өз жумысын нызамшылық пенен белгиленген тәртипте жергиликли “CoinPay” ЖШЖ арқалы әмелге асырыўды режелестирмекте.

Мағлыўмат ушын: “COINPAY” ЖШЖ крипто-активлер айланысы тараўында рәсмий хызмет көрсетиўши провайдер болып, ол крипто - биржа ҳәм крипто-дүкан жумысын әмелге асырыў ушын тийисли лицензияларға ийе.

Өзбекстан Республикасы резидентлери Binance платформасына “COINPAY” ЖШЖның тийисли ресурслары (coinpay.uz) арқалы кириў имканияты бериледи. Соның менен бирге, пайдаланыўшылар өз қаржыларын банк карталары ҳәм миллий төлем системалары арқалы миллий валютада киргизиў ҳәм шығарыў имканиятына ийе болады.

Системаны иске түсириў, бирге ислесиўшилер платформаларының барлық модуллери, соның ишинде, миллий төлем системалары менен интеграцияланғаннан кейин әмелге асырыў режелестирилген. Системаның иске түсирилиўи ҳаққында бирге ислесиўшилердиң рәсмий ресурсларында (CoinPay ҳәм Binance) қосымша түрде жәрияланады.

2024-жылдың январь айында Агентлик тәрепинен Binance крипто-биржасына Өзбекстан Республикасы нызамшылығы, атап айтқанда, крипто-активлер айланысы тараўындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын жәрийма қолланыў ҳаққында қарар қабыл етилген еди. Буннан соң, тийисли даўа арзасы Ташкент қалалық экономикалық судына жиберилген.

2024-жылдың 26-мартынан 7-июнине шекем жуўапкер (Binance крипто-биржасы) ўәкили қатнасыўында даўам еткен суд процесслериниң жуўмағына бола, суд Агентликтиң арзасын толық қанаатландырыў ҳәм крипто-биржадан 300 базалық есаплаў муғдарына тең болған жәрийманы Өзбекстан Республикасы бюджетине белгиленген тәртипте өндириў ҳаққында қарар қабыл еткен.

Binance крипто-биржасы судтың барлық талапларын орынлағанын ҳәм жәрийманы нызамшылықта белгиленген тәртипте Мәмлекетлик бюджетке толық төлегенин атап өтиў керек.

Агентлик, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-июльдеги "Өзбекстан Республикасында санлы экономиканы ҳәм крипто-активлер айланысы тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-3832-санлы қарарының 3-бәнтиниң "д) " киши бәнтине муўапық, 2023-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм юридикалық шахслары крипто-активлерди сатып алыў, сатыў ҳәм (ямаса) алмасыў бойынша операцияларды тек миллий провайдерлер арқалы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырыўлары керек екенлигин еслетип өтеди.

Усы мүнәсибет пенен, пуқараларды нызам талапларына әмел етиўге ҳәм крипто-активлер менен операцияларды тек ғана миллий провайдерлер арқалы әмелге асырыўға қатаң шақырамыз.

Сондай-ақ, еслетип өтемиз, крипто-активлерди сатып алыў объекти сыпатында пайдаланыў ҳәм оның ақыбетлери қарыйдардың жеке таңлаўы болып есапланады.