Атап өтилиўинше, Экология министрлигинде министр Азиз Абдуҳакимов ҳәм Японияның “Le One Co., Ltd” компаниясының бас атқарыўшы директоры Харуки Ямасаки арасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Япония тәрепи “Le One Co., Ltd” компаниясы 2025-2030-жылларға мөлшерленген 4 миллион АҚШ доллары муғдарындағы грант утып алғанын мәлим етти. Грант Япония энергетика ҳәм санаатты раўажландырыў шөлкеми (NEDO) тәрепинен декарбонизация ҳәм жасыл энергия тараўында алдынғы япон технологияларын алға қойыўға қаратылған халықаралық көргизбели бағдарлама шеңберинде берилген.
Жойбарға бола, Өзбекстанда биологиялық шығындыларды қайта ислеў нәтийжесинде алынған биогазден метан ислеп шығарыў бойынша тәжирийбе заводын иске қосыў режелестирилмекте. Баслама бир ўақыттың өзинде бир неше экологиялық ҳәм экономикалық мақсетлерге ерисиўге қаратылған: ыссыхана газлери шығындыларын азайтыў, шығындыларды қәўипсиз жоқ етиў, аўыл хожалығында пайдаланыў ушын биогумус ислеп шығарыў, сондай-ақ, Япония стандартлары тийкарында химиялық жуўыў ҳәм терең тазалаў системасы менен гибрид циркуляция технологиясын енгизиў.
Жойбар биогаздан альтернатив энергия дәреги сыпатында пайдаланыўды нәзерде тутады, бул тек ғана қоршаған орталыққа түсетуғын басымды азайтыў емес, ал шығындыларды басқарыўдың қосымша энергия үнемлеўши моделин жаратыў имканиятын береди. Технология турақлы раўажланыў мақсетлерине ҳәм кем углеродлы экономикаға өтиў стратегиясына толық сәйкес келеди.
Ушырасыў жуўмағында “Le One Co., Ltd” компаниясы менен Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Шығындыларды басқарыў ҳәм айланбалы экономиканы раўажландырыў агентлиги арасында еки тәреплеме келисимди таярлаў ҳәм қол қойыў ҳаққында келисимге ерисилди. Ҳүжжет тәреплердиң өз-ара миннетлемелерин атап өтип, сынақ жойбарды иске қосыў ушын тийкар болады.








