Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 29-октябрьде социаллық қамсызландырыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар презентациясы менен танысқан еди. Презентацияда миллий социаллық қамсызландырыў системасын халықаралық ҳүжжетлерге бейимлестириў усынысы да көрип шығылған болып, оған бола, енди рәсмий жумыс пенен бәнт болған барлық шахсқа напақа басқышпа-басқыш Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорғаў қоры тәрепинен төлениўи айтылған еди.
Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 9-декабрьде қабыл етилген "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамы менен болса мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиледи. Халықты социаллық қорғаўға кеңирек қамтып алыў тек ғана қаржылай қоллап-қуўатлаў емес, ал кәмбағаллықтың алдын алыўға қаратылған нәтийжели механизм сыпатында да әҳмийетли.
Жумыс бериўшилерден финанслық жүктиң алыныўы
Таллаўларға бола, өткен жылларда бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын ҳаял-қызлар толық ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы менен тәмийинленген. Жеке секторда ислейтуғынлардың үштен бир бөлеги ғана усы напақаны алыўға ерискен. Көпшилик жағдайларда исбилерменлер ҳаял хызметкерлерди туўыў дәўири жақынласқанда жумыстан босатқан ямаса жумыс бериўши напақа төлеўден бас тартқан.
- 2026-жыл 1-январьдан барлық мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, барлық жумыс ислеп атырған пуқара мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў шеңберинде ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, ўақтынша мийнетке жарамсызлық пенен тәмийинлениўи нызамда беккемленди, -деди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Дилшодхон Муҳаммаджонова. - Усы жыл 1-январьдан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, 1-июльден баслап ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы пуқараларға проактив түрде, яғный мүрәжат талап етилмеген ҳалда белгиленеди.
Енди социаллық төлемлер менен байланыслы финанслық жүктиң жумыс бериўшилердиң мойнынан алып тасланыўы жаңа системаның және бир әҳмийетли тәрепи. Бул исбилерменлерге өз ресурсларын жумыс орынларын ашыў, өндиристи кеңейтиў ҳәм бизнести раўажландырыўға бағдарлаў имканиятын береди. Бурын бул напақаларды төлеў миннетлемеси жумыс бериўшилердиң мойнында болғаны себепли олар өним ямаса хызметлердиң өзине түсер баҳасына унамсыз тәсир етип, базардағы бәсекиге шыдамлылықты төменлеткен. Айырым жағдайларда болса қәрежетлерди қысқартыў мақсетинде ҳәмиледар ҳаялларды жумысқа қабыл етпеў ямаса жумыстан босатыў сыяқлы унамсыз жағдайлар бақланған. Соның ушын да көплеген ҳәмиледар ҳаяллар шөлкемлерге жумыс сорап барыўдан тартынған. Жаңа система бундай жағдайлардың алдын алыўға хызмет ететуғыны менен де әҳмийетли.
Рәсмий бәнтлик хошаметленеди
Мәмлекет социаллық қамсызландырыў системасы рәсмий бәнтликти де хошаметлейди. Себеби напақалар пуқаралардың қамсызландырыў стажына байланыслы ҳалда тайынланады. Яғный инсан қанша ўақыт рәсмий ислеп, қамсызландырыў системасында қатнасқан
- Жаңа жылдың биринши күнинен баслап социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы енгизилип, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры шөлкемлестирилди, - дейди қордың атқарыўшы директоры Нодир Муслиддинов. - Шөлкемимиздиң тийкарғы мақсетлеринен бири - ықтыярлы ҳәм мәжбүрий тәртипте жыйналып атырған төлемлерди жыйнаў ҳәм қамсызландырыў ҳәдийсеси жүзеге келген пуқараларға қамсызландырыў напақасын тайынлап, өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў. Төлем төлеў мәжбүрий ҳәм ықтыярый түрде болады. Мәжбүрий түрде Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы нызам менен муғдары (ставкасы) белгиленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының бир бөлеги есабынан, ықтыярый төлем мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5 процентин қорға ҳәр айда төлеп барыў менен әмелге асырылады.
Жаңа системаның енгизилиўи себепли 2026-жылда бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын дерлик 2,2 миллион, жеке меншик секторда бәнт болған 3,6 миллионнан аслам пуқара, жеке тәртиптеги исбилерменлер, өзин-өзи бәнт еткен ҳәм рәсмий емес секторда жумыс алып барыўшы жүргизиўши 7 миллионнан аслам шахс мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасына қамтып алыныўы режелестирилген.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы 2026-жылы қамсызландырылған 165 мың шахсқа ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы, 1-июльден баслап болса 500 мыңға шамалас қамсызландырылған шахсқа ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақалары пуқаралардың мүрәжатысыз, проактив түрде төлеп берилиўи нәзерде тутылмақта.
Санластырыў ашықлықты тәмийинлейди
Жаңа системаның заманагөйлиги толық санластырылғанда да көринеди. Бул болса напақалардың электрон тәризде, пуқаралардан қосымша ҳүжжет ямаса мүрәжат талап етилмеген ҳалда автоматикалық тәризде тайынланыўына хызмет етеди. Өз-өзинен ашық-айдынлық тәмийинленеди, артықша бюрократиялық факторлар қысқарады ҳәм инсан қатнасы да азаяды.
Усы жерде қысқа мүддет (2026-жыл январь айы) деги әмелият нәтийжелерине итибар қаратсак. Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы бойынша Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорына 11,6 кеселлик бети келип түскен. Соннан 9,0 мыңы (77,5 проценти) бойынша 103,5 миллиард сум муғдарындағы напақа тайынланған. Қалған 2,6 мың мийнетке жарамсызлық қағазынан 1,6 мыңы (14 проценти) бойынша пуқаралар рәсмий бәнт болмағаны ямаса қамсызландырыў стажы жетерли емеслиги себепли напақа тайынлаў бийкар етилген. Қалған қағазлар бойынша напақа тайынлаў ямаса бийкарлаў мәселеси бойынша үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Напақа тайынланғаны, төленгени ямаса бийкар етилгени ҳаққында кеселлик қағазында көрсетилген мобил телефон номерлерине тийисли SMS хабарнамалар жиберилип атырғаны да пуқараларды артықша әўерегершиликтен қутқарады. Бул да инсан қәдири әмелде тәмийинленип атырғанының көриниси. Себеби, тек ғана усы хабардарлық ушын да жақын-жақынға шекем адамлар тийисли мәкемелерге жол ҳақы ҳәм ўақыт жумсайтуғын еди.
Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы тек ғана төлемлер механизмин өзгертиў емес, ал инсан қәдири, социаллық әдиллик ҳәм мәмлекеттиң пуқара алдындағы жуўапкершилигин әмелде көрсететуғын әҳмийетли реформа болып есапланады.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы