баннер
18 Mar 2025
17:22

    "Бир миллион өзбек дәстүршилери" жойбарының гезектеги мәўсимине старт берилди

    Жойбар шеңберинде жоқары нәтийже көрсеткен ең жақсы 2 мектепке Президент саўғасы - 2 электромобил берилиўи де режелестирилген.

    Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен "Бир миллион өзбек дәстүршилери" жойбарының гезектеги мәўсимине старт берилди. Бул ҳаққында АОКАда өткерилген брифингте Санлы технологиялар министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Шерзод Аҳматов мәлим етти.

    - "Бир миллион өзбек дәстүршилери" - Өзбекстанда жергиликли дәстүршилерди таярлаў жойбары болып, жойбарда жасларды заманагөй кәсиплерге бийпул онлайн курслар шөлкемлестирилген ҳалда оқытыў мақсет етилген, - дейди Ш.Аҳматов. - Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла билимлендириўдиң мәмлекет раўажланыўындағы шешиўши орны ҳаққында атап келеди. Елимизде жасларда билимлендириўге қызығыўшылық артып бармақта. Бирақ тийкарғы машқала - не оқытыў ҳәм алыс аймақларда ким оқытатуғыны сыяқлы мәселелерде сақланып қалмақта. Бул машқаланың шешими сыпатында IТ бағдары бойынша Өзбекстан ҳәм АҚШтың “Coursera” платформасы арасында бирге ислесиў алып барылмақта. Бул бирге ислесиў арқалы елимиздиң ең алыс аўылларындағы жаслар да дүньяның жетекши университетлери ҳәм компанияларынан ең талапқа ийе болған курсларды онлайн оқыў имканиятына ийе болмақта. Бул процессте жасларымыздың өз мақсетлерине ерисиўи ушын шыдамлылық ҳәм даўамлылық әҳмийетли. Курсларды питкерип, халықаралық сертификат имтиханларынан өтиў, оларға глобаллық мийнет базарына жол ашып береди.

    Атап өтилгениндей, Санлы технологиялар министрлиги IТ тараўында билим алып атырған қәбилетли студентлерге “Coursera” билимлендириў платформасында бийпул оқып, халықаралық IТ сертификатларға ийе болыў имканиятын жаратты. "Бир миллион өзбек дәстүршилери" жойбары 2025-2026-жыллар режесинде халықаралық IТ сертификатларын алғанлардың санын 1 миллионға, профессионал халықаралық IТ сертификатларын алғанлардың санын болса 30 мыңға жеткериў мақсет етилген.

    Буннан тысқары, жойбар шеңберинде жоқары нәтийже көрсеткен ең жақсы 2 мектепке Президент саўғасы - 2 электромобил берилиўи де режелестирилген. Соның менен бирге, жойбар шеңберинде 14 аймақта ең жоқары нәтийже көрсеткен оқыўшыларға 700 ноутбук, Топ-10 муғаллимге сырт елге саяхат, жойбар шеңберинде ең жоқары нәтийже көрсеткен 100 муғаллимге 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық ҳәм Топ-3 жоқары билимлендириў мәкемелерине ақшалай сыйлық берилиўи нәзерде тутылған.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech