Акцияның мақсети – тоғайларды кесиў ҳәм климат өзгериси тәсирине қарсы гүресиў, адамларды бирлестириў арқалы тереклерди көбейтиў ҳәм өсириў мәселелерине итибарды тартыў. Бул жойбар жылына еки мәрте – гүзги (октябрь-ноябрь) ҳәм бәҳәрги мәўсимде (март-апрель) өткерилиўи режелестирилген.

Быйылғы акцияда социаллық объектлерге тийисли аймақларға итибар қаратылмақта.

“Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновация орайының көмегинде, 2026-жыл 1-апрель күни Нөкис қаласындағы 1-санлы техникум әтирапына республикамызда өтип атырған “Жасыл мәкан” жойбары, “Бир миллион терек” акциясы шеңберинде терек егиӯ жумыслары алып барылды.

Усы акция шеңберинде айлант, катальпа, кипарис сыяқлы жәми 100 (жүз) дана саяманлы терек нәллери егилди.

Бул акция, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм акцияда тереклерди егиў жумысларына усы шөлкемлер менен бирге техникум жәмәәти ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Егилген нәллердиң кейинги өсип раўажланыўына қараў жумысларын Нөкис қаласы 1-санлы техникумы жәмәәти өз жуўапкершилигине алды.

Бул акция аймақларды көклемзарластырыўға үлес қосып ғана қалмастан, жәмийетте экологиялық сана-сезим ҳәм тәбиятқа абайлы қатнас сыяқлы қәдириятларды қәлиплестиреди. Ҳәр қандай әўлад ўәкиллери, әсиресе, өсип киятырған жасларды тартыў арқалы бул баслама турақлы келешек ушын беккем тийкар болады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.