Президент тәрепинен 01.04.2025-жылдағы "Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала) ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында"ғы ПҚ-132-санлы қарарға қол қойылды.
Республиканың 16 район (қала) ында жумыссызлық дәрежесин 4-5 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 5-6 процентке азайтыў режелестирилген. Онда Қоңырат, Асака, Ғәллеарал, Денов районлары және Марғилан қаласы жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырылады.
2025-жыл 1-июльға шекем Район (қала) ларды жедел комплексли раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги район (қала) лар орайларының ислеп шығылғанына 10 жылдан аслам мүддет болған бас режелерин 3 категориядағы (реновация, реконструкция ҳәм консервация) зоналарға ажыратып, әпиўайыластырылған тәртипте және халық ҳәм исбилерменлердиң усынысларын есапқа алған ҳалда жаңаланған бас реже жойбарлары ислеп шығылады.
Буннан тысқары, Асака, Ғиждувон, Ғәллеарал, Хатирчи, Чортоқ, Сырдәрья, Денов, Қува, Шават районлары ҳәм Янгийўл қаласы орайлары ҳәм оларға тутас аймақларда халық ҳәм туристлердиң жасаўы, дем алыўы ҳәм сейил етиўи және хызметлер ҳәм басқа да бағдарларда исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған мастер реже жойбарлары ислеп шығылады.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 04.04.2025-жылдан күшке кирди.