Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы ашылған күни азанда усы үлкен қаладан қоңыраў болды. 3-4 ай алдын ўәлаятта тикенсиз шиповник жетистирип атырғаны менен итибарымызды тартқан Самарқанд мәмлекетлик университетиниң докторанты Ноила Жумақулова "Апа, бизде және жаңалықлар бар", деп қалды. Усы күни ЮНЕСКО саммитине үнлес түрде СамМУда Өзбекстан - Япония жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының V форумы да шөлкемлестирилди. Сонлықтан, сәўбетлесимиз Японияның Тоттори университетинде стажировка өтеп келгени ҳәм өзи сыяқлы жас япон илимпазлары менен биргеликте илимий изертлеўлер өткерип атырғаны ҳаққында сөз баслады.

Итибар берсек, соңғы жыллары Өзбекстан - Япония жоқары билимлендириў бирге ислесиўи сезилерли жеделлести. Кадрлар таярлаў, биргеликтеги изертлеў ҳәм билимлендириў жойбарларын әмелге асырыў, япон тилин оқытыў, профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыў және өзбекстанлы пуқаралардың Япония жоқары оқыў орынларында билим алыўы қамтып алыў жағынан кеңейди. Цукуба, Нагоя, Киото, Осака, Токио шет тиллер университети ҳәм Токио аўыл хожалығы университети менен тиккелей бирге ислесиў жолға қойылды. Япон тилин оқытыў болса бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарына айланған. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги алты жоқары билимлендириў мәкемесинде япон тили системалы оқытып келинбекте.

2010-жылы Нагоя университетиниң Ташкенттеги ўәкилханасы ашылған болса, 2015-жылы Ташкент мәмлекетлик техника университети жанында шөлкемлестирилген "Өзбекстан - Япония жаслар инновация орайы" химия ҳәм нефть-химия сыяқлы тийкарғы бағдарларда биргеликтеги изертлеўлерди қоллап-қуўатламақта. СамМУ илимпазлары 2023-2024-жылларда еки мәрте “Sakura Science” бағдарламасы грантларын қолға киргизип, Тоттори университетинде илимий стажировка өтеп келди. Бүгин университеттиң 22 жас илимпаз, магистр ҳәм докторантлары “Sakura Science” бағдарламасы жойбарларында қатнасып, Тоттори университети илимпазлары менен тығыз биргеликте илимий изертлеўлерди даўам еттирмекте.

Ноиланың шериклери - күншығыс елине барған болажақ илимпазлар Япония университетиниң Аймақлық инновациялар изертлеў орайы ҳәм Қурғақшыл аймақлар изертлеў орайындағы илимий лабораторияларда илимий-изертлеўлер өткерген. Бул арқалы олар аўыл хожалығына жаңа инновацияларды алып кириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўдың илимий тийкарланған усыллары бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға миясар болмақта.

- Японияда биз жоқары дәрежели профессорлар менен бирге ҳәм илимий, ҳәм әмелий тәжирийбелер өткердик. Заманагөй лабораториялар ҳәм жоқары технологиялар менен танысып, арнаўлы тәжирийбелер өткердик. Алған нәтийжелеримизди ең соңғы бағдарламалар тийкарында талладық. Сабақларымыз 10 күн даўам етти. Бул жүдә қысқа мүддет болыўына қарамастан, оғада үлкен илимий резервке ийе болып қайттық. Бул бизге келешектеги илимий жумысларымыз ушын беккем тийкар болады.

Самарқанд мәмлекетлик университетинде Тоттори университетиниң ўәкилханасы ашылған. Ол Өзбекстанның 50 проценттен аслам бөлимин ийелеген қурғақшыл аймақлардан нәтийжели пайдаланыў, ол жерлерде шарўашылықты раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет ететуғын қолланбаларды енгизеди. Онда Тоттори университетиниң Японияда бирден-бир есапланған Қурғақшыл аймақларды изертлеў халықаралық орайы ҳәм жетекши илимпазлары тиккелей қатнасады. Себеби, халықаралық орай қурғақшыл аймақлардан илимий тийкарда нәтийжели пайдаланыў, атап айтқанда, шорланған ҳәм суў жетиспейтуғын аймақларда дийқаншылықты раўажландырыў бойынша дүнья дәрежесинде тән алынған. Усы мәниде, енди суўды үнемлейтуғын заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў, шаң-тозаңлардың алдын алыў, молекуляр генетика жетискенликлери тийкарында қурғақшылық ҳәм шорға шыдамлы жаңа сортларды жаратыў бойынша изертлеўлердиң биргеликте алып барылыўы қуўанышлы. Сондай-ақ, аграр хожалық, азық-аўқат қәўипсизлиги, экология тараўларында магистратура ҳәм докторантура басқышлары бойынша кадрлар таярлаў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыў режеси әмелге асса, биргеликтеги изертлеўлер көлеми және де кеңейеди.

Өзбекстан - Япония ректорларының V форумы шеңберинде Самарқанд мәмлекетлик университетинде Цукуба университетиниң Байланыс ҳәм бирге ислесиў (Лиазон) орайы ашылды. Ол Японияның Билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар министрлиги тәрепинен Цукуба университетине тапсырылған "Японияда билим алыўды алға қойыў ушын сырт ел тармақларының функцияларын беккемлеў жойбары (ҒМДА регионы)" шеңберинде шөлкемлестирилди. Орайдың тийкарғы мақсети - Япония ҳәм Өзбекстан арасындағы академиялық бирге ислесиўди тереңлестириў, билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў тараўларында нәтийжели байланысларды жолға қойыў, сондай-ақ, студентлер ҳәм илимий хызметкерлер алмасыўын раўажландырыўдан ибарат.

Бул болса Ноила Жумақулова сыяқлы жас изертлеўшилердиң Японияда, япониялы излениўшилердиң болса Өзбекстанда емин-еркин илимий жумыслар алып барыўында әҳмийетли фактор болады.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы