баннер
19 Mar 2025
18:38

    Бирге ислесиўди кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе

    Денсаўлықты сақлаў тараўында халықаралық тәжирийбелер менен танысыў, бул бағдарда алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў, қолланыў халқымыздың ийгилиги ушын бирге ислесиў бәрқулла үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.

    Әлбетте, бундай халықаралық бирге ислесиўлер елимизде медицина тараўын және де раўажландырыў ҳәм сапалы медициналық хызмет түриниӊ заман талапларына сәйкес болыўына түртки бермекте.

    Усындай халықаралық бирге ислесиўлерди даўам еттириў мақсетинде, Қубла Кореяның «Hub» компаниясының директоры Sungwon Sul, “Solar Dream Co., Ltd компаниясының директоры Dong-Sun, Han басшылығындағы делегацияны Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов күтип алды ҳәм дөгерек сәўбетин алып барды.

    Сәўбетлесиў даўамында мәмлекетимизде медицина тараўында заман талапларына сай халықаралық жойбар шеңберинде жаӊадан өзгерислер киргизиў бойынша сырт елли қәнигелердиӊ пикир-усыныслары тыӊланды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech