Тарийхый яд - миллет келешегиниң беккем тийкары. Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың Өзбекстанды ғәрезсиз мәмлекет сыпатында қәлиплестириў, мәмлекетлик тийкарларын жаратыўдағы шексиз хызметлери терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық пенен тилге алынады.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм итибары менен Биринши Президентимиздиң естелиги мәңгилестирилип, Самарқанд қаласында мақбарасы қурылды. 30-январь - Ислам Кәримовтың туўылған күнинде еслеў илажларын өткериў жақсы дәстүрге айланған.
Мәресим даўамында Қуран оқылып, пәтия етилди. Биринши Президентимиздиң Ўатан мәпи жолындағы жумысы, инсаныйлық пазыйлетлери ҳаққында сөз болды.
Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексинде болып өткен мәресимде Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Биринши Президентимиздиң Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларындағы естеликлерине де гүл қойылды.