Әндижанлы жаслар менен сөйлесиўде оларға жоқары исеним билдирилди.
- Мәмлекетимиздиң ең тийкарғы мақсетлеринен бири - жаслар сиясаты. Билимлендириў-тәрбия, мәҳәлле, бәнтлик, спорт системаларында ислеп атырған жумысларымыз перзентлеримиздиң мәплери ушын. Бизиң жасларымыз қәбилетли, талантлы. Бул талант қашан жүзеге шығады? Мийнет болса. Билим алып, умтылып атырған адам ҳеш қашан жарлы болмайды, жумысын табады. Сиз де оқып, изленип, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелең. Бахытлы болыў ушын бүгин тийкар жаратыўыңыз керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз Әндижанда жасап атырған түрли миллет ўәкиллери менен де ушырасты. Мәмлекетимиздеги тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ең қәдирли байлық екени атап өтилди.
Бағдағы амфитеатрда концерт бағдарламасы қойып берилди. Мәмлекетимиз басшысы илажда шығып сөйлеп, ўәлаят халқына жоқары ҳүрметин билдирди.
- Инсан қәдирин улығлаў, халқымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, усы тийкарда адамларды турмыстан разы етиў - жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардың баслы мақсети болып есапланады. Бүгин Ўатанымыздың барлық ўәлаятлары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында мине усы уллы мақсет қандай әмелий нәтийжелер берип атырғанын көрип, әлбетте, бәршемиз шексиз қуўанамыз, -деди Шавкат Мирзиёев.
Буның әмелий тастыйығын гөззал ҳәм бийтәкирар Әндижан жеринде де айқын көриў мүмкин. Ўәлаятта санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы, бағлар жаратыў, көше ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халық ушын мүнәсип мийнет ҳәм жасаў шараятларын жаратыў бойынша көп жумыслар исленбекте.
- Әндижан жеринде жаңа Өзбекстан идеясы, жаңа Өзбекстан нәпеси ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта, халқымызды жоқары шеклерге ийтермелемекте. Бул - реформаларымыздың биз күткен, пүткил халқымыз күткен ең үлкен, ең әҳмийетли нәтийжеси, - деди Президент.
Әндижан елимиздиң тарийхый қалаларынан бири, ойпатлық гәўҳары болып есапланады. Бүгинги күнде ўәлаятта барлық тараў ҳәм тармақлар жедел раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жүдә үлкен потенциал бар. Мине усындай имканиятларды иске қосыў, аймақты буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Жаңа Әндижан қаласы қурылмақта. Қысқа ўақыт ишинде бул жерде сулыў "Жаңа Өзбекстан" бағы да қурылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларға үлес қосқан барлық инсанларға миннетдаршылық билдирди.
Әндижан Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылған дияр екени менен де белгили. Усы мүнәсибет пенен Шавкат Мирзиёев Жаңа Әндижан қалашасына Бабур қаласы деп атама бериў басламасын алға қойды. Оны әндижанлылар қуўаныш пенен қоллап-қуўатлады.
Бабур Мырза темурийлер цивилизациясының мүнәсип даўамшысы, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебияттың қәўендери болған уллы шахс болып есапланады. Ол бийтәкирар илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасы менен миллетимизди, халқымызды пүткил дүньяға танытқан. Оның ҳүрметине өз алдына қала қурылса арзыйды. Бул Бабур Мырзаның кеўлинде қалған әрманларын жүзеге шығарыў жолында және бир тарийхый ўақыя болып қалатуғыны атап өтилди.
Қалада қәнигелескен бақша ҳәм мектеп, университет, музей, китапхана ҳәм IТ-парктен ибарат ири билимлендириў кластери қурылады. Жоқары оқыў орны қурамында ең жоқары талапларға жуўап беретуғын спорт комплекси де қурылады.
Бабур қаласы миллий қәдириятларымызды жәмлейтуғын руўхый орынға, жаслар ушын илҳам ҳәм үлги, ушыў майданына, елимиздиң және бир туризм ҳәм мәденият орайына, заманагөй технологиялар қолланылған "ақыллы қала"ға айландырылады.
Бул қала, тап уллы шайыр ҳәм ойшыл Наўайы аты берилген уллы қала сыяқлы, даңқлы тарийхымыз бенен келешегимиз арасында мәнаўий көпир болады, жаңа тарийхымыздан мүнәсип орын алады. Аймақтағы бағдың ең бийик ноқатында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың жаңа, саўлатлы естелиги орнатылады.
Бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын бағдарлама қабыл етилип, 250 миллион доллар қаратылады.
- Ҳәммемиз билемиз, Заҳириддин Муҳаммед Бабур дүньяның қайсы жеринде, қайсы үлкеде болмасын, пүткил өмир ўатан сағынышы менен жасаған. Бүгин уллы ата-бабамыздың әрманлары орынланды, ол өз ўатанына руўхый жақтан қайтып келди, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман. Мине усындай уллы, тарийхый күн бәршемизге мүбәрек болсын, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы 15-апрель - мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллерин де қызғын қутлықлады.