Пәрманға тийкарланып, бажыхана ҳәкимшилигинде төмендеги өзгерислер енгизиледи:

  • 2025-жыл 1-июльден Жәҳән саўда шөлкеминиң Саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў келисиминиң талаплары тийкарында товарларға жеңилликлерди қолланыў бойынша бажыхана уйымларының дәслепки қарарларын бериў тәртиби енгизиледи.

2025-жыл 1-сентябрьден:

  • өткериў пунктлеринде өндирилетуғын барлық түрдеги жыйымлар ҳәм төлемлер бажыхана уйымларының мәлимлеме системасы арқалы өндириледи ҳәм есабы жүргизиледи;
  • "Ғишткўприк," "Зангиота" ҳәм "Даўыт ата" өткериў пунктлеринде автотранспорт қураллары ушын еки коридорлы қәўиплерди басқарыў принциплерине тийкарланған мәмлекетлик қадағалаў тәртибин қолланыў әмелияты жолға қойылады.

Бунда:

  • "жасыл коридор"да - қәўиплилик дәрежеси төмен болған автотранспорт қураллары ҳәм оған жүкленген товарларды шығарып жибериў ҳаққында қарар қабыл етиўде мәмлекетлик қадағалаўдың барлық түрлери оларға байланыслы әмелге асырылмайды, автотранспорт қуралы ҳәм оның айдаўшысына байланыслы әмелге асырылатуғын ҳүжжетли қадағалаў буған кирмейди;
  • "қызыл коридор"да - мәмлекетлик қадағалаў қәўиплилик дәрежеси жоқары ҳәм тосаттан таңлаўда анықланған автотранспорт қуралларына қарата әмелге асырылады;
  • "қызыл" ямаса "жасыл" коридорлар бажыхана уйымларының "Қәўиплерди басқарыў" мәлимлеме системасы арқалы автоматикалық түрде белгилеп бериледи;
  • өткериў пунктиндеги мәмлекетлик қадағалаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен "профайлинг" таңлаў тийкарында автотранспорт қураллары бажыхана уйымларының "Қәўиплерди басқарыў" мәлимлеме системасында "жасыл коридор"дан "қызыл коридор"ға бағдарланып, тийисли қадағалаў формалары қолланылады.

2026-жыл 1-сентябрьден бул тәртип сынақ нәтийжелерине бола басқышпа-басқыш автомобиль жолы өткериў пунктлеринде күшке киреди.

2026-жыл 1-марттан бажыхана қадағалаўы процесслери "Қәўиплерди басқарыў" мәлимлеме системасы арқалы және де әпиўайыластырылады.

Буннан тысқары, бажыхана қоймаханасы режиминде сақлаў мүддети өткен товарлар 90 күн ишинде талап етип алынбаған жағдайларда олар суд қарары тийкарында мәмлекет ийелигине өткериледи ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте басқарылады.