13 салмақ категориясы бойынша өткерилип атырған бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, 10 салмақ категориясы бойынша финал беллесиўлерине қатнасып атырған боксшилеримизден -48 кг салмақта Шодиёржон Мелиқўзиев қазақстанлы Санжар Ташкенбайға қарсы рингке шығып, оны
4:1 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм мәмлекетимиз сайланды командасы есабына дәслепки медальды алып берди.
Буннан соң -51 кг салмақта қатнасқан боксшимиз Асилбек Жалилов алтын медаль ушын филиппинли Марвин Табамо менен беллесиўге түсип, оны 5:0 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм Азия чемпионы атағына миясар болды.
-54 кг салмақта беллесиўге түскен Шаҳзод Музаффаров болса, финалда қазақстанлы Маҳмуд Сабырханға қарсы рингке шығып, оған 1:4 есабында жеңилип қалды.
-57 кг салмақтағы боксшимиз Миразизбек Мирзахалилов финалда және бир қазақстанлы Оразбек Ассикуловга қарсы беллесиўге түсип, оны 5:0 есабында жеңип шығып, сайланды командамызға және бир алтын медальды алып келди.
-63,5 кг салмақта жарысқа қатнасып атырған Адҳамжон Муҳиддинов алтын медаль ушын таиландлы Сомчай Волнгсуван менен ушырасты ҳәм бул беллесиў таиландлы боксшиниң қабағы жыртылып кеткенлиги себепли, чемпионлық өзбекстанлы боксшиге тапсырылды. Сондай-ақ, -67 кг да Мужибилло Турсунов, 71 кг да Ҳавасбек Асадуллаев, -75 кг да Жавоҳир Умматалиев, -80 кг да Тўрабек Ҳабибуллаевлар өз қарсыласларын жеңилип, Азия чемпионы болыўға еристи.
Тилекке қарсы -86 кг салмақта финалға шекем жетип келген Жасурбек Йўлдошев қазақстанлы Бекзад Нурдәўлетовқа 1:4 есабында жеңилип, чемпионаттың гүмис медалы менен шеклениўге мәжбүр болды.
Солай етип, сайланды командамыз боксшилери финал беллесиўлеринде 8 алтын, 2 гүмис ҳәм 1 қола медаль менен улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.
4 алтын медальға ийе Қазақстан екинши, 1 алтын медальды ийелеген тәжикстанлы боксшилер үшинши орынды ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.