Өзбекстанлы профессионал боксшы, бурынғы жәҳән чемпионы ҳәм Жәҳән бокс ассоциациясы (WBА) версиясы бойынша мәжбүрий даўагер Муроджон Аҳмадалиев биринши жеңил салмақ категориясында гезектеги жеңисин қолға киргизди.
15-декабрьге өтетуғын түнде Монте-Карлода (Монако) 30 жасар өзбекстанлы 27 жасар мексикалы Рикардо Эспиноса Франконы жеңип, WBА бағдары бойынша ўақытша чемпионлыққа еристи.
Аҳмадалиев биринши минутлардан-ақ анық қарсы соққылар есабынан үстинликке ийе болды ҳәм үшинши раундта-ақ Эспиносаны үш мәрте қулатып, төрешини ойынды тоқтатыўға мәжбүр етти. Саўаш техникалық нокаут пенен жуўмақланды.