Боксшы қызларымыз Азия чемпионатын тоғыз медаль менен жуўмақлады

    Спорт 10 желтоқсан 2024 445

    Жарыс жуўмағында Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы 3 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 бронза медалына ийе болды.

    Таиландта өтип атырған бокс бойынша Азия чемпионатында ҳаял-қызлар арасындағы беллесиўлер жуўмақланды. Жарыс жуўмағында Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы 3 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 бронза медалына ийе болды.

    Бүгинги финалларда жеңимпаз болған Фарзона Фозилова, Феруза Казакова ҳәм Навбаҳор Ҳамидова сайланды командамыздың есабына алтын медалларды тапсырды.

    Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған боксшы қызларымыз:

    Алтын медаль:

    -48 кг: Фарзона Фозилова

    -52 кг: Феруза Казакова

    -66 кг: Навбаҳор Ҳамидова

    Гүмис медаль:

    -54 кг: Азиза Якубова

    -57 кг: Нигина Уктамова

    -75 кг: Азиза Зокирова

    +81 кг: Олтиной Сотимбоева

    Бронза медаль:

    -50 кг: Сабина Бобоқулова

    -81 кг: Соҳиба Рөзметова

    Ертең ер адамлар арасындағы финал беллесиўлери болып өтеди.