Таиландта өтип атырған бокс бойынша Азия чемпионатында ҳаял-қызлар арасындағы беллесиўлер жуўмақланды. Жарыс жуўмағында Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы 3 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 бронза медалына ийе болды.

Бүгинги финалларда жеңимпаз болған Фарзона Фозилова, Феруза Казакова ҳәм Навбаҳор Ҳамидова сайланды командамыздың есабына алтын медалларды тапсырды.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған боксшы қызларымыз:

Алтын медаль:

-48 кг: Фарзона Фозилова

-52 кг: Феруза Казакова

-66 кг: Навбаҳор Ҳамидова

Гүмис медаль:

-54 кг: Азиза Якубова

-57 кг: Нигина Уктамова

-75 кг: Азиза Зокирова

+81 кг: Олтиной Сотимбоева

Бронза медаль:

-50 кг: Сабина Бобоқулова

-81 кг: Соҳиба Рөзметова

Ертең ер адамлар арасындағы финал беллесиўлери болып өтеди.