«Болажақ алым» илимий идеялар таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

    Илимге қуштар жаслардың идеяларын әмелге асырыўға жәрдем бериў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

    24-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги ҳәм Жаслар академиясы тәрепинен жаслардың илимий-инновациялық идеялары ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген «Болажақ алым» илимий идеялар таңлаўында жеңимпаз деп табылған қарақалпақстанлы жасларды сыйлықлаў илажы болып өтти.

    Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов қатнасып, таңлаў жеңимпазларын қутлықлады. Сертификат және илимий жойбарларын әмелге асырыў ушын ажыратылған қаржылай сыйлықларды тапсырды.

    Сыйлықланған жаслардың арасында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Биология қәнигелигиниң 1-курс магистранты Жалалатдин Уснатдиновта бар. Ол өзиниң «Микро суў отларын жетилистириў ушын инновациялық фотобиореакт ислеп шығарыў» илимий идеясы менен қатнасып жеңимпаз деп табылған.

    – Мениң илимий идеямды қоллап-қуўатлап, маған өз имканиятларымды әмелге асырыўыма жәрдем бергени ушын шөлкемлестириўшилерге, устазларыма үлкен миннетдаршылық билдиремен, – дейди усы таңлаў жеңимпазы Ж.Уснатдинов.

    Министр инноватор жасларға илимий идеяларын әмелиятқа кеңнен енгизген ҳалда жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates