Президенттиң 30.09.2024-жылдағы ПП-152-санлы Пәрманына муўапық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасарына билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў, педагог хызметкерлердиң үзликсиз кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеў, тәлим-тәрбия процесине инновациялар, алдынғы педагогикалық ҳәм санлы технологияларды кеңнен енгизиў ўазыйпалары жүкленеди.
Мәмлекетлик МБШлерде хызметкерлердиң мийнет ҳақысын, азық-аўқат қәрежетлерин, ата-аналарға алимент төлемлери ҳәм басқа да төлемлерди биометрикалық идентификация технологиясынан пайдаланған ҳалда автоматикалық есаплаў енгизиледи.
Бос жумыс орынларын есапқа алыў, балаларды нәўбетке қойыў ҳәм МБШге жайластырыў ушын жолламаларды қәлиплестириў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң "Балалар бақшасы" мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында әмелге асырылады.
2025-жыл 1-февральдан Ташкент қаласында пилот сынақ тәризинде, 2025-жыл 1-июльден болса барлық мәмлекетлик МБШлерде "Балалар бақшасы" мәлимлеме системасы арқалы хызметкерлер ҳәм тәрбияланыўшылардың электрон қатнаўы, жумыс ўақты, тәрбияланыўшылардың азық-аўқат қәрежетлерин есапқа алыў енгизиледи.
"Балалар бақшасы" мәлимлеме системасына хызмет көрсетиў, оны қоллап-қуўатлаў ҳәм жетилистириўди "УЗИНФОСОМ" ЖШЖ система операторы әмелге асырады, бунда көрсетилген хызметлер ушын ата-аналар төлеминиң 2 проценти қаратылады.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2025-жылдан баслап хызметкерлер ҳәм балалардың қатнаўын шахсты биометрикалық идентификациялаў технологиясы арқалы қадағалаўды жолға қойыў ушын бақшаларды планшетлер ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинлеў ушын мәмлекетлик бюджеттен кеминде 50 миллиард сум ажыратады.
2025-жыл 1-июльден фискал белгили касса чеки берилмей ата-аналар төлемлерин қабыл етиў қадаған етиледи. Ата-ана төлемлериниң түсимлери ҳаққындағы мағлыўматлар салық уйымларының мәлимлеме системасына автомат түрде жибериледи ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық дәрамат салығынан азат етиўди қолланыў ушын тийкар болып хызмет етеди.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында мәмлекетлик тилде жәрияланған ҳәм 23.12. 2024-жылдан күшке кирди.