Болгария Президентин салтанатлы күтип алыў мәресими болды

    Сиясат 10 маусым 2025 1573

    10-июнь күни Көксарай резиденциясында мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Болгария Республикасы Президенти Румен Радевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

    Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

    Президентимиз жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.

    Мәмлекетлик гимнлер жаңлады. Әскерий оркестр сазлары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

    Биргеликте сүўретке түсиўден соң мәмлекет басшыларының делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери басланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates