Ташкент қаласы халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
Еслетип өтемиз, сапар бағдарламасына бола, еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери, рәсмий ҳәм исбилерменлик илажлары өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Болгария Республикасы Президенти Румен Радев Еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.
Жетекшилер жанында еки тәреплеме ҳүжжетлер, соның ишинде, Сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы және Ташкент ҳәм София қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисим алмасылды.
Еки мәмлекет жетекшилери өз-ара пайдалы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, товар алмасыў көлемин арттырыў, агросанаат комплекси, фармацевтика тармағы, кәншилик, санластырыў тараўларында кооперацияны жолға қойыў, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Бул сапар етиў еллеримиз арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўы сөзсиз.








