Илажда басқарманың өндирис техника бөлиминиң баслығы С.Утемуратов энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар, заманагөй энергия үнемлеўши қурылмаларды орнатыў ҳәм насос станциялары агрегатларын сапалы оңлаў бойынша тапсырмалар берди.
Сондай-ақ, насос станциясы әтирапындағы майданларды егиўге таярлаў, жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў жумыслары үйренилди.
– Насос станцияларының әтирапындағы 2 сотихлы егислик майданда аўыл хожалығы өнимлери жетистириледи,-дейди Хожели бөлиминиң баслығы С.Қужанов. – Бул нәрсе усы жерде жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң жаз мәўсиминдеги күнлик азық-аўқатларын қосымша тәмийинлеўге хызмет етип атыр. Хызметкерлеримиздиң шараятларын жақсылаў, қосымша хошаметлеў бойынша барлық насос станциялардың қорғаў зоналарындағы жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеймиз, әлбетте.
Жуўапкерлер тәрепинен насос станциясы әтирапында исленген жәрдемши хожалықларда алып барылған жумыслар додаланып, пикир-усыныслар билдирилип, тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.