Бас консулхана Түркияда өтирик жумыс усынысларынан ескертти

    17 ақпан 2025 1335

    Кейинги ўақытлары айырым алдаўшы шахслар Өзбекстан пуқараларына Түркияда жоқары айлықлы жумыс усыныс етип (тийкарынан пуқаралардың таныс-билислери арқалы), оларды алдаў жағдайлары көбеймекте.

    Атап өтилиўинше, алдаўшылар жумысқа орналасыў, турақ жай ҳәм нызамлы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша жалған ўәде берип, пуқараларды аўыр жағдайға салмақта.

    Бас консулхана нызамсыз мийнет жумысын баслаған ямаса алдаўшылар тәрепинен алданғанлар, төмендеги машқалаларға дус келетуғынын мәлим етти.

    - Ис ҳақы ўәде етилгенинен әдеўир кем төлениўи яки улыўма берилмеўи.

    - Жумыс шараятлары аўыр яки жаман болыўы.

    - Жумыс бериўши тәрепинен нызамсыз эксплуатация ҳәм кемситиў.

    - Түркияда нызамсыз мийнет етиў ақыбетинде депортация ҳәм жәриймалар

    - Түркияға келгеннен соң, аэропортта күтип алыў ўәде етилип, пулыңыз өзлестирилгеннен кейин дәлдалшының жоқ болып кетиўи.

    Жоқарыдағы жағдайларда ўатанласларымыз ҳәм жумыс усыныс еткен шахслар арасында ҳеш қандай рәсмий ҳүжжет болмағанлығы себепли, алдаўшыларды жуўапкершиликке тартыў жүдә қыйын болады.

    Түркияда жумыс ислеў ушын сырт ел пуқаралары арнаўлы рухсатнама - жумыс рухсатнамасына (Çалışма İзни) ийе болыўы шәрт!

    Сондай-ақ, консуллық жумыс излеў ушын тек ғана Өзбекстан Республикасы Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги (www.migration.uz) (http://www.migration.uz/) ямаса лицензияға ийе рәсмий агентликлерге мүрәжат етиўди усыныс етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates