Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, 20-28-апрель күнлери таңлаўдың қалалық ҳәм районлық, 11-20-май күнлери аймақлық басқышлар, 30-май – 7-июнь күнлери республикалық финал басқышы болып өтеди.

Таңлаўда опера, дәстүрий атқарыў, бақсышылық ҳәм эстрада бағдарлары бойынша 3 жас категориясында талант ийелери беллеседи. Биринши орын ийелери 50 миллион сум, екинши орын 30 миллион сум, үшинши орынлар болса 20 миллион сум, финалшылардың ҳәр бири 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Дөретиўши жаслардың ең сүйикли илажына айланған бул ири таңлаў жигит-қызлардың өз талантларын кең жәмийетшиликке көрсетиў ушын әжайып имканият екенин атап өтиў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.