Өткен дәўир ишинде, усы аты көрсетилген көшелердеги гедир-будыр, ойлы-бәлент жоллар тегисленип, “Қарақалпақстанның 60-жыллығы”, “Талўас”, “Алмазар» көшелери толық асфальтланды.

Ал, “Қ.Аўезов”, “Еркин жағасы”, “И.Юсупов” ҳәм “Шәмензар көшелеринде болса, бул жумыслар еле даўам етпекте. Қыстың күни болыўына қарамастан ҳәзирги күнлери пидайы жолшылар тәрепинен арнаўлы техникалар жәрдеминде бул көшелерге щебень жайыў ҳәм оларды тегислеў жумыслары алып барылмақта.

Әлбетте, халық ийгилиги ушын исленип атырған бул жумыслар аймақ турғынларының мүшкилин жеңиллетип, олардың ертеңги күнге деген исенимин беккемлемекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.