Британия компаниясы Өзбекстан өнимлерин сертификатлаўға жәрдемлеседи

    Бизнес 23 қаңтар 2025 1192

    Өзбекстан елшиси Равшан Усманов Британияның «Intertek» компаниясының ҳүкимет ҳәм саўда хызметлери бойынша бас менеджери Ирина Беренвальд пенен ушырасыў өткерди.

    «Intertek Group plc» 1885-жылы Лондон қаласында шөлкемлестирилген. Компания өткен дәўир ишинде нефть ҳәм газ, энергетика, автомобиль санааты, қурылыс, электроника, азық-аўқат санааты, медицина ҳәм басқа да тараўларда өним ҳәм хызметлердиң сапасын қадағалаў, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм стандартластырыў тараўында дүньядағы жетекшилерден бири сыпатында ат шығарды. Оның 100 ден аслам мәмлекетте мыңнан аслам офислери, лабораториялары ҳәм сертификатлаў орайлары бар.

    Сөйлесиў ўақтында елимизде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң экспорт көлемин арттырыў мақсетинде "Интертек" компаниясы менен биргеликте халықаралық стандартлар тийкарында сертификатлаў, етикетке алыў ҳәм ораў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды.

    Ирина Беренвалд 2024-жылы Ташкентке еткен әмелий сапарының жуўмақларын жоқары баҳалады. Ол, сондай-ақ, «Intertek» компаниясы ҳәм Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги арасында қол қойылған Бирге ислесиў меморандумын әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириўге қызығыўшылық билдирди.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм «Intertek» компаниясы арасында онлайн сөйлесиўлер шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates