Будапешт қаласында гезектеги ТМШ саммити болып өтеди

    Усы жылдың 13-май күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев пенен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў ўақтында шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған басламаларды нәтийжели әмелге асырыў және регионаллық турақлылық ҳәм раўажланыўға хызмет ететуғын биргеликтеги жойбарлар додаланды.

    Тәреплер, сондай-ақ, ТМШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң перспективадағы тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм Будапешт қаласында болып өтетуғын гезектеги ТМШ саммитине таярлық көриў мәселелери бойынша пикир алысты.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates