Қарарға муўапық, туризм тараўын 2030-жылға шекем раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:
туризм тараўының жалпы ишки өнимдеги үлесин ҳәзирги 3,5 проценттен 7 процентке жеткериў;
сырт елли туристлердиң жыллық санын ҳәзирги 10 миллионнан 20 миллионға жеткериў.
Өзбекстан Республикасы Туризм комитети туризм тараўын тәртипке салыў ҳәм раўажландырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы болып есапланады.
2026-2028-жылларда төмендеги жойбарлар ҳәм илажлар әмелге асырылады:
Самарқанд қаласындағы ең әҳмийетли тарийхый объектлерди байланыстырыўшы 6,6 км узынлықтағы туризм маршрутын шөлкемлестириў бойынша "Самарқанд мийрасы жолы" жойбары;
Хийўа қаласындағы "Ийшан қала" комплексин дүньядағы бирден-бир иммерсив ҳәм "ақыллы" қала-музейге айландырыў.









