Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-майдан баслап тәжирийбе тәризинде Ташкент, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы район (қала) ларының биреўи бойынша ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў бөлимлеринде жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислеўши, өзине-өзи хызмет көрсетиў имканияты жаратылған "ақыллы" миграция пункти шөлкемлестириледи. Бунда:

дәслепки басқышта "ақыллы" миграция пунктлеринде белгили бир мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи;

Ишки ислер министрлиги тәрепинен өзине-өзи хызмет көрсетиў түрлери кеңейтиледи.

Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына 2026-жыл 1-майдан баслап Өзбекстанға электрон кириў визасы тийкарында кирип келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың электрон визасының әмел етиў мүддетин 30 күнге шекем бир мәрте создырыў ҳуқықы бериледи.

Сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаўды рәсмийлестириў ўәкиллиги Департаментке ҳәм оның аймақлық басқармаларына да бериледи.

2026-жыл 1-сентябрьден баслап студентлерди студентлер турақ жайына жайластырыў бойынша шәртнама дүзиў менен бир ўақытта оларды жасаў орны бойынша дизимге алыўдың композит тәртиби енгизиледи.