Қарарда жергиликли жөнелислерде темир жол транспортында жолаўшы тасыўдың жыллық көрсеткишин 2030-жылға шекем 10,5 миллион адамнан 23,5 миллион адамға, электропоездлар ҳәрекети шөлкемлестирилген жөнелислер санын болса 40 тан 53 ке жеткериў тийкарғы мақсет етип белгиленген.
Қарарға муўапық, Транспорт министрлиги ҳәм "Өзбекстан темир жоллары" АЖның темир жол транспортында жолаўшы тасыў жумысын раўажландырыў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:
2026-жылдан баслап электрлестириў жумыслары жуўмақланған 465 километр узынлықтағы "Бухара-Хийўа" темир жолы арқалы Ташкент-Үргенш-Хийўа жөнелиси бойлап жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын электропоездлардың қатнаўын шөлкемлестириў;
2026-жылдың ақырына шекем узынлығы 196 километр болған "Мискин-Нөкис" темир жолын электрлестириў жумысларын жуўмақлаў, усы жөнелис бойлап жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын электропоездлардың қатнаўын шөлкемлестириў;
2030-жылға шекем Ангрен-Поп ҳәм Ташгузар-Байсун-Қумқорған темир жол участкаларын модернизациялаў жумысларын әмелге асырған ҳалда Әндижан, Наманган, Ферғана ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларына тезжүрер электропоезд қатнаўларын жолға қойыў.