Мийнет кодексиниң 187-статьясына бола, байрам (исленбейтуғын) күнлери алдында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады.
Байрамнан алдынғы күни жумыстың (сменаның) даўамлылығын қысқартыў имканияты болмаған үзликсиз ислейтуғын шөлкемлерде ҳәм айырым түрдеги жумысларда артықша исленгенлик хызметкерге қосымша дем алыс ўақты бериў ямаса хызметкердиң разылығы менен жумыс ўақтынан тысқары жумыс ушын белгиленген нормалар бойынша ҳақы төлеў арқалы компенсация етиледи.
Еслетип өтиў керек, Қурбан ҳайытында өзбекстанлылар 3 күн дем алады:
6-июнь (жума) - Қурбан ҳайыты, ҳәмме ушын дем алыс күни;
7-июнь (шемби) - 5 күнликлерге әдеттеги, 6 күнликлерге қосымша дем алыс күни;
8-июнь (екшемби) - ҳәмме ушын әдеттеги дем алыс күни;
9-июнь - дүйшемби күни болса ҳәмме ушын жумыс күни есапланады.








