Бүгинги күнде ҳәр бир тараўдың раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы реформалар мақтаўға ылайық. Мен де мине усы үлкен шаңарақ, яғный Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының бир бөлеги сыпатында жумыс алып барып атырғанымнан мақтанаман. Қарақалпақстанымыздың түрли аймақларында жасап атырған инсанларға оператив ҳәм қалыс мәлимлеме жеткериўдей жуўапкершиликли ўазыйпада мениң де аз ғана үлесим бар екенлигин ойласам, жүрегим мақтанышқа толады.

Президентимиздиң пәрманына бола, Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен "Дўстлик" ордени менен сыйлықланғаным ҳаққындағы хабарды еситкенимде, ашығын айтсам, толқынланыўдан тилге сөз келмей қалды. Бул жоқары сыйлық тек ғана мениң емес, ал Нөкис телерадиорайында мениң менен ийинлес болып мийнет етип атырған барлық кәсиплеслеримниң, устазларымның мийнетине берилген жоқары баҳа болып есапланады. Себеби, бизиң тараў үлкен бир механизм. Бир ғана эфир арқалы шаңарақларға кирип баратуғын көринис ҳәм даўыстың артында онлаған, жүзлеген инсанлардың машақатлы мийнети жатады. Үлкен электромеханик сыпатындағы ўазыйпам - бул қурамалы системаның үзликсиз ҳәм сапалы ислеўин тәмийинлеў. Ҳәр бир сүўрет, ҳәр бир сестиң тазалығы бизиң мийнетимизге байланыслы. Буны терең сезинип, ўазыйпама шын кеўилден қатнас жасаўға ҳәрекет етемен.

Көп жыллар даўамында усы тараўда ислеп, оның барлық сырларын үйрендим, кәсибимниң ҳақыйқый пидайысына айландым. Бүгин артқа қарап, усы кәсипти таңлағаныма ҳеш өкинбеймен. Керисинше, мине, усы мийнетлеримниң нәтийжесин көрип, мәмлекетимиз тәрепинен бундай жоқары итибарға ийе болғанымнан басым аспанға жетти. Бул сыйлық маған және де үлкен жуўапкершилик жүклейди. Билдирилген исенимди ақлаў, елимиз медиа тараўының раўажланыўына өз үлесимди қосыў ушын буннан былай да бар билим ҳәм тәжирийбемди иске қосаман.

Пурсаттан пайдаланып, барлық баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен шын жүректен қутлықлайман. Олардың машақатлы, бирақ мақтанышлы жумысына табыслар тилеймен.

Маған көрсетилген жоқары исеним ҳәм итибар ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен. Бул сыйлық мени жаңа шеклерге қарай руўхландырады. Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында шын кеўилден мийнет етиўде ғайратымызды арттырады.


Райхан АМАНГЕЛДИЕВА,

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының Нөкис телерадиоорайы филиалы сүўретке түсириў топарының аға электрмеханиги, "Дўстлик" ордениниң ийеси