«Cambridge University Press and Assessment» - дүньядағы ең ири баспа ҳәм билимлендириў системаларын жаратыўға қәнигелескен шөлкемлерден бири болып есапланады. Ол 1534-жылы шөлкемлестирилген болып, пүткил дүнья бойлап илимий ҳәм билимлендириўге тийисли басылымлар, билимлендириў бағдарламалары, имтиханлар ҳәм баҳалаў системаларын ислеп шығады. Оның жумысы билимлендириў ҳәм оқытыў тараўында алдынғы илимий ҳәм методологиялық қатнасларды жаратыўға қаратылған.
Шөлкем «Cambridge University Press» ҳәм «Cambridge Assessment» сыяқлы еки қурамнан ибарат.
«Cambridge University Press» - илимий басылымлар, китаплар, онлайн ресурслар ҳәм билимлендириў материалларын ислеп шығарады. Оның ҳәр қыйлы пәнлер, соның ишинде, тил үйрениў, илим, тарийх, әдебият ҳәм басқа да тараўларда басылымлары бар.
«Cambridge Assessment» - билимлендириўди баҳалаў системаларын ислеп шығады, соның ишинде, бул критериялар билимлендириўдиң жоқары дәрежесин тәмийинлеў ҳәм студентлерди баҳалаўда жәрдем береди.
Сөйлесиў ўақтында Стив Кинг Өзбекстанда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәм жаслардың сапалы билим алыўы ушын жаратылып атырған шараятларды жоқары баҳалады.
Оның мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Кембридж шөлкеминиң билимлендириўди баҳалаў системалары республиканың барлық аймақларындағы қәнигелестирилген мектеплерде қойылған.
Сәўбетлесиўши «Cambridge University Press and Assessment» тиң Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге өз үлесин қосыўға таяр екенин билдирди.
Атап айтқанда, Кембридж мәкемеси менен республикалық мектеплерде Кембридж оқыў бағдарламасын енгизиў ҳәм халықаралық стандартларды қабыл етиў арқалы аймақта оқытыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў және билимлендириў бағдарламаларын республикада кеңнен енгизиў, қәнигелериниң маманлығын арттырыў жойбарларын Өзбекстанда ҳәм Британияда шөлкемлестириўде әмелий бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўге келисип алынды, деп хабар береди "Дунё" ХА.