баннер
1 Apr 2025
20:55

    Бузылап атырған турақ жай ҳәм турақ жай емес объекттиң базар баҳасы толық қаплап бериледи

    24 Fevral 2025 738

    Қурылысты баслаўдан пайдаланыўға рухсат бериўге шекемги болған процесслер толық онлайн режиминде "Ашық-айдын қурылыс" системасында әмелге асырылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-майдан:

    Қурылысты баслаўдан пайдаланыўға рухсат бериўге шекемги болған процесслер толық онлайн режиминде "Ашық-айдын қурылыс" системасында әмелге асырылады;

    қурылысы тамамланған көп квартиралы турақ жайдан пайдаланыўға рухсат бериўде тек ғана Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы, сондай-ақ, мәмлекетлик өрт қадағалаўы уйымларынан жуўмақ алынады.

    Инспекцияда дизимнен өткен ҳәм ол тәрепинен қадағаланатуғын көп квартиралы турақ жайларды пайдаланыўға руқсат бериўден алдын инструменталлық-техникалық тексериўден өткериў әмелияты бийкар етиледи.

    2025-жыл 1-марттан реновация тийкарында көп квартиралы турақ жайларды қурыўдың төмендеги тәртиби енгизиледи:

    реновация жойбарын баслаўға барлық мүлк ийелери менен нотариал тастыйықланған келисим шәртнамасына қол қойылғаннан соң руқсат бериледи;

    мүлк ийелерине, олардың қәлеўине қарап, төмендеги компенсация түрлеринен бири бериледи:

    бузылып атырған турақ жай объектлериниң орнына олардың майданынан кем болмаған реновация бағдарламасына муўапық жаңадан қурылатуғын турақ жайлардан жасаў ушын таяр жағдайдағы квартираларды мүлк ҳуқықы тийкарында бериў ҳәм қурылыс дәўиринде көшиў, соның ишинде, басқа турақ жай объектин ўақтынша ижараға алыў менен байланыслы қәрежетлерди толық қаплаў;

    бузылып атырған турақ жай ҳәм турақ жай емес объекттиң базар баҳасын толық қаплап бериў;

    реновация жойбары интакери менен келисилген ҳалда басқа түрдеги компенсацияны усыныў.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech