Шабандозларымыз халықаралық турнирде сыйлы орын ийеледи

    Спорт 24 ақпан 2025 1213

    БАӘниң Шаржа қаласында ат спортының конкур бағдарында CSI5*-W ҳәм CSI2* халықаралық жарыслары болып өтпекте.

    Бул жарысларда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары, соның ишинде, Абдураҳмон Абдуллаев “Chikarito”, “Kaliyana 6 “ ҳәм “Go Four It B”, Феруз Абдуллаев “Kanlouba”, Өзбекстан Жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясының баслығы Баҳромжон Ғозиев “Ledy”, Бекзод Қурбонов болса “Santos Hippica” ҳәм “ Matts V.G “ аты менен қатнаспақта.

    Жарыста Абдураҳман Абдуллаев “Go Four It B“ лақаплы атында 140 см. бийикликке секирип, екинши орынды ийеледи. Усы абырайлы турнирдиң 145 см. бийикликте өткен беллесиўлеринде Бекзод Қурбонов “Santos Hippica” лақаплы атында бронза медалын қолға киргизди.