30 Mar 2025
04:13

    "Чемпион" исбилерменлер дизимине киргизиў нормалары белгиленди

    Ҳәр бир район (қала) да кеминде 2 ден жыллық айланысы 10 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 50 ден аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери "Чемпион" исбилерменлер дизимине киргизиледи.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, Қарақалпақстан Республикасында төмендегилер жолға қойылады:

    2025-жыл 1-июльға шекем юридикалық тәреплерге онлайн режимде микрокредит ажыратыў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм оларды жедел тастыйықлаў механизмлери;

    киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестринде турған жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеген киши ҳәм орта бизнес субъектлерине усы пуқаралар ушын шөлкемлестирилген ҳәр бир жумыс орнына қосымша түрде 10 миллион сумнан, 10 ҳәм оннан көп усындай жумыс орынларын шөлкемлестирген субъектлерге 100 миллион сумға шекем 3 жылға шекемги мүддетке жыллық 14 процент ставкада айланба қаржыларды толтырыў ушын кредит ажыратыў әмелияты.

    Бағдарлама шеңберинде "чемпион" исбилерменлерге айландырылатуғын шөлкемлердиң дизими қәлиплестирилип, оған төмендеги нормаларға жуўап беретуғын исбилерменлик субъектлери киргизиледи:

    район (қала) дәрежесинде - ҳәр бир районда (қалада) жыллық айланысы 10 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 50 ден аслам жумыс орнын жаратқан кеминде 2 ден исбилерменлик субъектлери;

    Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында - ҳәр бир аймақта кеминде 5 еўден жыллық айланысы 100 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 500 ден аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери;

    республика дәрежесинде - жыллық айланысы 1 триллион сумнан жоқары болған ҳәм 5 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субектлери.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech