50 килограммға шекемги салмақ категориясында Актенге Кеўнимжаева Шри-Ланка ўәкили Нипуни Педиге үстинен исенимли жеңиске ерисип, бронза медалын қолға киргизди.
Және бир сыйлы орынды 59 кг салмақ категориясында қатнасқан Улмекен Эсенбаева қолға киргизди. Ол бронза ушын беллесиўде Қырғызстан ўәкили Сезим Жуманазаровадан күшлирек болып, континент чемпионатының сыйлы орын ийелери қатарынан орын алды.