Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, Нөкис қаласы баскетболшылары барлық қарсыласларын жеңип шығып, Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.
Финалда чемпион командаға жеңилип қалған Әмиўдәрья районы спортшылары екинши, Хожели районы командасы сыйлы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
Чемпионат соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.