Бул ҳаққында Непал полициясына тийкарланып “Report” хабар берди.

"469 дене табылды, 1545 адам жараланды ҳәм қутқарылды", - делинеди ҳуқық қорғаў уйымларының соңғы есабатында.

Излеў-қутқарыў операциясы даўам етпекте. Оған Непал армиясы, қураллы полиция күшлери ҳәм полициясының 13 295 хызметкери тартылған. Қутқарыўшылар ўайранларды бузып, жер астынан адамларды алып шықпақта.

Непал бас министри Балендра Шах жағдай қурамалылығынша қалып атырғанын айтты. Оның сөзлерине бола, адамларды қутқарыў, бийдәрек жоғалғанларды излеў, жәбирленгенлерге медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм тәбийғый апаттан жәбирленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳүкиметтиң тийкарғы тийкарғы бағдары болып есапланады.

Еслетип өтемиз, Непалдың арқа аймақларында 26-август сәршемби күни азанда күшли суў тасқыны жүз берди. Дәслепки мағлыўматларға бола, Непал ҳәм Қытай шегарасында, "Расувагадхи" шегара өткелинен шама менен 20 км арқа-шығыста қар-тас көшкиси келип шыққан. Ҳәзирги ўақытта да жүзлеген адамлар, соның ишинде, 500 ге шамалас сырт ел пуқаралары бийдәрек жоғалған.